Меншиклестириў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпалар додаланды
2025-03-28 09:10:00 / Мәжилислер

Исбилерменликти раўажландырыў, жер ҳәм имаратлардан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде меншиклестириў бойынша кең көлемли жумыслар исленбекте. 2021-2024-жыллары 47 триллион сумлық мәмлекетлик активлер сатылған. Бул – алдынғы он жыллықтағы көрсеткиштен 30 есеге көп.
Алдынлары, тийкарынан киши кәрхана ҳәм объектлер сатылған болса, ендигиден былай ири мәмлекетлик активлер де сатыўға шығарылмақта. Соның ишинде, Қоңырат сода заводы, «Фотон», «Темиржолконтейнер» сыяқлы ири кәрханалар, «International» ҳәм «Lotte» мийманханалары меншиклестирилди.
Өткен жылы ноябрьде биринши мәрте «халық IPO»сы бойынша Товар-шийки зат биржасының 3 миллионнан артық акциясы халыққа сатылды, 11 мың адам акциянерге айланды.
Бирақ еле системада кемшиликлер, аймақлар ҳәм тармақларда пайдаланылмай атырған имканиятлар көп. Бос турған орынларды экономикалық активке айландырыў, аукционға қойылған таяр имаратларды сатыўда немқурайдылықлар бар.
Мәселен, аймақтың қәнигелесиўи, коммуникация өткериў имканияты үйренилместен аукционға шығарылған 1,5 мың гектар жер 1 жылдан артық сатылмаған. 4 мың жер участкасын аукционға шығарыўда келисиў процесслери кешиккен. Министрлер ҳәм ҳәкимлер өткен жылы сатылыўы керек болған 243 мүлкти Мәмлекетлик активлер агентлигине өткерип бермеген.
Ири мәмлекетлик кәрханаларда да жумыслар жедел емес. «Автосанаат», «Химиясанаат», «Металлургия комбинаты», «Өзбекнефтьгаз» сыяқлы 22 кәрхана елеге шекем халықаралық қаржы есабатын жүргизиўге өтпеген. «Өзбекстан почтасы», «Uzbekistan Airports», «Өзбекстан темир жоллары» елеге шекем кредит рейтинги алмаған.
Сын көзқараста өткен мәжилисте бундай мәселелерди шешип, жумысларды жеделлестириў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Меншиклестириў тараўындағы 2025-жылғы мақсетлер белгилеп алынды. Соның ишинде:
– 30 триллион сумлық мәмлекетлик мүлкти сатып, бюджетке кеминде 10 триллион сум түсимди тәмийинлеў;
– 116 кәрханадағы мәмлекетлик үлести ҳәм 581 көшпес мүлк объектин сатыўға шығарыў;
– 6,1 мың гектар жерди аукционға қойып, сатыў көлемин 6 триллион сумға жеткериў;
– кеминде 300 кән ҳәм майданды интакерлерге усыныс етип, 500 миллиард сум түсим түсириў.
Булардың нәтийжесинде экономикаға қосымша инвестициялар кирип келип, исбилерменликке имканият кеңейеди, мыңлаған жумыс орынлары пайда болады.
Мәжилисте бул мақсетлерге ерисиў ушын бир қатар жеңилликлер берилетуғыны жәрияланды.
Енди исбилерменлер кеминде бес жыл ижарада пайдаланған мәмлекетлик мүлкти тиккелей өзи сатып алыўы мүмкин болады. Ҳәзирги күнде 632 сондай объект бар. Бул мүлклерди ижарашылардың өзине сатыў арқалы кеминде 2 триллион сум түсим етиў мүмкин.
Пахта санааттың сатылмай қалған 131 активлерин басланғыш баҳасы 50 процентке шекем төменлетилип, аукционға шығарылады. Онда, исбилерменлерге төлемлерди үш жылға шекем бөлип төлеў имканияты бериледи.
Ҳәзирги ўақытта республикамыздағы 537 базар ҳәм саўда комплекслериниң кеминде 51 процент үлеси жергиликли ҳәкимликлерге тийисли. Енди бул тәртип те өзгереди. Базарларда жергиликли ҳәкимликтиң мәжбүрий қатнасыўы ҳаққындағы талап бийкар етиледи. Бул да исбилерменлер ушын қосымша имканият болады.
Жер майданларын сатыў бойынша да имканиятлар кеңейтиледи. Мәселен, аукционда узақ ўақыттан берли сатылмай турған, майданы киши болған жақын жайласқан жер участкалары бирлестирилип, қайтадан аукционға шығарылады.
Мәмлекетлик активлерден нәтийжели пайдаланып, жергиликли бюджетке түсимди көбейтиў бойынша жаңа тәжирийбелер де бар. Мысалы ушын, Ташкент қаласында муниципал категориядағы орынлар хатлаўдан өткерилип, электрон базасы жаратылды. 102 пайдасыз имарат ҳәм 97 гектар бос жер анықланып, аукционға шығарыў басланды. Өткен жылы имарат-объектлер астындағы 118 гектар жер участкаларын меншиклестириўден 60 миллиард сум түсим болды. Бул – 2022-жылға қарағанда 5 есеге көп дегени.
Енди бул тәжирийбе барлық ўәлаят орайларында, кейинги жылы районларда енгизиледи.
Тараўдағы және бир әҳмийетли мәселе – мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды халықаралық базарға алып шығыў. Ҳәзирги күнге шекем бул система өзин ақлаған ҳәм нәтийжесин берген. Халықаралық шөлкемлер де оны тән алмақта.
Жуўапкерлерге экспертлерди тартқан ҳалда бул процесслерди даўам еттириў ўазыйпасы қойылды. Быйыл халықаралық базарларда 28, келеси жыл 10 ири кәрхана акциялары ғалабалық саўдағы шығарылыўы белгиленди.
Бас министрге бул бойынша «жол картасы»н тастыйықлап, орынланыўын ҳәр айда додалап барыў тапсырылды.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша министрлер, тармақ басшылары ҳәм ҳәкимлер мәлимлеме берди.