Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Миллий музейиниң ирге тасын қойды
2025-08-28 10:35:00 / Jańalıqlar

Мәмлекетимиз ғәрезсизлиги миллий өзлигимизди жүзеге шығарып, ийгиликли ҳәрекетлерге тийкар болып келмекте. Ҳәр жылғыдай, бул ретки ғәрезсизлик байрамы да жақсы жаңалықларға себеп болмақта. Усындай тарийхый ўақыялардан бири жаңа Миллий музейге тийкар салыныўы болып табылады.
Сапар ўақтында мәмлекетимиз басшысына бул имараттың жойбары ҳәм өзгешеликлери, қурылыс басқышлары ҳаққында мәлимлеме берилди.
Музей Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының қәўендерлигинде Японияның “Tadao Ando Architect & Associates” архитектура бюросы ҳәм Германияның “Atelier Brückner”компаниясы тәрепинен жойбарластырылған. Оның сыртқы көриниси шеңбер, төрт мүйеш ҳәм үш мүйеш формасында болып, Шығыс ҳәм Батыс мәдениятын өзинде бирлестиреди. Комплекс 3 қабатлы музей, 2 қабатлы жер төле ҳәм жәрдемши имаратлардан ибарат болады. Қытайдың “CSCEC International Construction” компаниясы тәрепинен қурылады.
Пайтахтымызда усы музейдиң қурылысына бағышланған мәресим болып өтти. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Миллий бағы жанындағы майданда мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, илимпазлар ҳәм жазыўшылар, нуранийлар, жәмийетшилик ўәкиллери жыйналды.
– Барлық тараўда раўажланыў менен бирге қәдириятларымызды тиклеўге ҳәрекет етип атырмыз. Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий комплекси, Олимпиада қалашасы сыяқлы үлкен имаратларды қурып атырмыз. Буның тийкарғы мақсети усы, бул имаратлар халқымыздың мүлкине айланып қалыўы керек. Мине, енди және бир тарийхый комплекс – Өзбекстан Миллий музейиниң қурылысын баслап атырмыз. Бул музей үш мың жыллық бай тарийхымызды адамларға, дүнья жәмийетшилигине ҳәм келешек әўладқа жеткеретуғын илим-ағартыўшылық ҳәм мәденият орайы болады, – деди Шавкат Мирзиёев.
Атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта тек ғана Ташкенттеги 30 музейде 1 миллионнан аслам экспонат бар. Олардың 100 мыңы Мәмлекетлик көркем өнер музейинде болып, соннан тек ғана 2 мың 400 и көргизбеге қойылған. Көргизбе заллары жетерли болмағаны себепли 97 мыңнан асламы қоймаханада сақланбақта.
– Орайлық Азия, Қытай, Япония, Ҳиндстан ҳәм Европа мәмлекетлериниң мәдениятын өзинде сәўлелендирген бул бийбаҳа көркем өнер дөретпелери тек ғана бизиң емес, ал пүткил инсанияттың шексиз байлығы болып есапланады. Оларды қәстерлеп-сақлап, келешек әўладлар ушын зыянсыз жеткериў, дүнья жәмийетшилигине көрсетиў арқалы мәмлекетимиздиң бай тарийхы ҳәм мәдениятын улығлаў бәршемиздиң муқаддес миннетимиз, – деп атап өтти Президент.
Бундай саўлатлы музей елимиз тарийхында биринши мәрте қурылмақта. Оның улыўма майданы 40 мың квадрат метр болады. Көргизбе заллары, китапхана, реставрация лабораториялары ҳәм экспонатларды сақлаў ханаларында ең заманагөй қолайлықлар шөлкемлестириледи.
Бул арқалы ҳәзирги ўақытта пайтахтымыздың ҳәр қыйлы музейлеринде шашаў жайласқан тарийхый экспонатлар, ески ҳәм заманагөй көркем өнер дөретпелерин бир пүтин көриў мүмкин болады. Улыўма, музейде бир ўақыттың өзинде 10 мыңға шамалас экспонатты көрсетиў имканияты жаратылады.
Буннан тысқары, 4 мың квадрат метр майданда конференция заллары, аудитория ҳәм ресторанлар, балалар майданшалары жайласады.
Музей иске қосылса, әтирапындағы Абулқосим медресеси, Халықлар дослығы сарайы ҳәм Өзбекстан Миллий бағы менен бир жерде тутас архитектуралық композицияға айланады. Ўатанласларымыз ҳәм сырт елли туристлер келетуғын тематикалық туризм дәргайы болады.
Келешекте бул музей дүньяға белгили Лувр, Метрополитен ҳәм Британия музейлери менен тығыз бирге ислесиў орнатып, сийрек ушырасатуғын экспонатлар алып келинеди ҳәм көргизбелер шөлкемлестириледи.
– Жаңадан қурылатуғын комплекс мәмлекетимиздиң жәҳән тарийхы ҳәм раўажланыўында тутқан орнын және де айқын көрсететуғынына исенемен. Бир жыл емес, он жыл емес, көп жыллар даўамында халқымызға хызмет етеди, – деди Шавкат Мирзиёев сөзиниң жуўмағында.
Буннан соң мәмлекетимиз басшысы комплекстиң тырнағына капсула қойып, қурылысты баслап берди.