Исбилерменлер жаӊа Өзбекстанныӊ раўажланыўын, келешегин тәмийинлейтуғын күш
2025-08-21 09:15:00 / Májilisler

Еркин ҳәм бәсекиге шыдамлы исбилерменлик орталығы экономикалық өсиўди тезлестиреди. Сонлықтан елимизде исбилерменлер ушын ҳәр тәреплеме шараят жаратыў мәмлекетлик сиясатта тийкарғы бағдар болып есапланады.
Халықаралық тәжирийбеде де мәмлекеттиң экономикалық потенциалы ҳәм турақлы раўажланыўы, бәринен бурын, исбилерменлик жумысының қаншелли еркин ҳәм нәтийжели шөлкемлестирилгенине байланыслы. Заманагөй экономикада мәмлекеттиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири исбилерменлер ушын қолайлы орталық жаратыў, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм тосқынлықларды азайтыўдан ибарат.
Исбилерменлик жәмийетте жаңа жумыс орынларын жаратады, ҳәр қыйлы тараўларда бәсеки орталығын күшейтеди, инновациялар ҳәм заманагөй технологияларды енгизиўге түртки береди. Исбилерменниң ҳәр бир басламасы тек ғана оның жәмәәтиниң мәплери ушын емес, ал мәмлекеттиң экономикалық потенциалы ушын да хызмет етеди.
Егер мәмлекетте исбилерменлер ушын қолайлы ҳуқықый, финанслық ҳәм инфраструктуралық шараятлар жаратылса, бул процесс сырт ел инвесторлары ушын да тартымлы орталықты қәлиплестиреди.
Мәмлекетимиз басшысы исбилерменлерди кәсиплик байрамы ҳәм Ғәрезсизликтиң 34 жыллығы менен қутлықлады. Ҳәр бир тараў, ҳәр бир аймақ, ҳәр бир мәҳәлледеги өзгерислерде олардың үлеси үлкен екенин атап өтти.
Өткен сегиз жылда экономиканың көплеген тармақлары жаңадан шөлкемлестирилди. Бул дәўирде 230 миллиард доллар инвестиция кирип келди, соннан 120 миллиард доллардан асламы сырт ел инвестициясы. Быйыл биринши ярым жыллықта мәмлекетимиз экономикасы 7,2 процентке өсти.
Бизнес жүргизиўдеги қолайлықлар нәтийжесинде исбилерменлер көбейип, жумысы кеңейип бармақта. Мәселен, 1 мың 600 микро кәрхана бир жыл ишинде айланысын 10 миллиард сумнан асырып, бирден орта кәрханаға, 143 и болса 100 миллиард сумнан асырып, ири кәрханаға айланды. Және 122 киши кәрхана ири бизнес қатарына қосылды.
Бизнести “саядан” шығарыў илажлары нәтийжесинде 139 мың кәрханада жумыс орынлары 811 мыңға көбейди, 273 мың кәрхана мийнет ҳақы фондын 22 процентке арттырды. Өткен жылы жеке меншик секторда орташа айлық 4 миллион сумды қураған болса, бүгинги күнде 5 миллион сумға шамаласты.
Биринши ашықтан-ашық сөйлесиўден берли исбилерменлердиң мыңға шамалас басламасы нызамшылыққа киргизилгени атап өтилди. Бул ретки сөйлесиў бесиншиси болды. Оған таярлық даўамында 26 тараўдың 7 мыңға шамалас ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерилди. “Колл-орай” арқалы да 13 мыңнан аслам мүрәжат ҳәм басламалар қабыл етилди.
Өткен ҳәптелерде экономикамыздың әҳмийетли тармақлары болған мийўе-овощ, тоқымашылық ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлик мәселелери додаланып, жәрдем илажлары белгиленген еди.
Сөйлесиўде мәмлекетимиз басшысы исбилерменликтиң басқа бағдарлары бойынша да жаңа басламаларды алға қойды.
Соның ишинде, қысқа мүддетте ҳәм тез дәрамат беретуғын жумыс орынларын жаратыўда ең нәтийжели бағдарлардан бири болған хызметлер тараўы жедел раўажландырылады. Туризмди раўажландырыў бойынша жаңа бағдарлама басланады. Келеси үш жылда мийманхана ҳәм туризм орайларын шөлкемлестириў ушын жәми 5 мың гектар жер аукционға шығарылады. Онда мийманхана қурмақшы болған исбилерменлерден жерлерди сатып алыў ушын төлем өндирилмейди. Соныӊ есабынан мәмлекет усы сумма менен жойбарға үлес болып киреди.
Исбилерменлер 10 жыл ишинде қәлеген ўақытта бул үлести қайта сатып алыўы мүмкин болады. Егер исбилермен жердиң баҳасын алдыннан төлеймен десе, 20 процент шегирме бериледи. Мийманхана қурыў ушын 7 жыл мүддетке 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен кредит ажыратылады.
Көп исбилерменлер мәмлекетлик объектлер ҳәм жеке меншик имаратларды сатып алып, мийманханаға айландырмақта. Енди жаңа мийманхана ушын нәзерде тутылған субсидия оларға да бериледи. Ташкент қаласы, ўәлаятлар орайы ҳәм ири туристлик аймақлардан тысқары жердеги мийманханалар туристлик жыйым төлемейди.
Әмелдеги тәртипке бола, шаңарақлық мийман үйлери туристлерди қабыл етиў бойынша күнлик норма 10 адамнан артпаўы белгиленген. Енди бул шеклеў еки есеге көбейтиледи.
Президентимиз жергиликли мийманханалар, шаңарақлық мийман үйлери арасында таңлаў өткериў усынысын алға қойды. Таңлаўдың сыйлық қоры 1 миллион доллар болады, туристлердиң итибарына ерискен, абырайлы халықаралық платформаларда ең көп унамлы деп тән алынған мийманханалар ҳәр жылы сыйлықланады.
Инфраструктураны жолға қойыў арқалы ири туристлик орынлары көбейтиледи. Чартақтағы Қарабағ, Ферғанадағы Чимён, Байсындағы Аманхана, Нурабадтағы Нурбулақ аймақларында жыл даўамында хызмет көрсететуғын ири курорт зоналары шөлкемлестириледи.
Быйыл 16 районды жедел раўажландырыўға 1 триллион сумнан аслам қаржы қаратылды. Келешекте және 500 миллион доллар есабынан басқа районларда да усындай жумыслар әмелге асырылады. Бул санаат, сервис, қурылыс тараўларындағы исбилерменлерге үлкен имканият, жүз мыңлаған жумыс орынларын жаратыў ушын шараят болады.
Бизнес ўәкиллеринде қосымша орын алыўға мүтәжлик бар. Усы мүнәсибет пенен келеси жылдан мәмлекетлик активлер бес жылға ижараға бериледи.
1991-жылы қабыл етилген “Ижара ҳаққында”ғы нызам тийкарынан мәмлекетлик уйымлардың мәпин қорғаўға қаратылғаны атап өтилди. Сол себепли ижараға бериўши ҳәм ижараға алыўшының ҳуқықларын бирдей қорғайтуғын жаңа редакциядағы нызам ислеп шығылатуғыны айтылды.
Сөйлесиўде билимлендириў ҳәм медицина тараўларына байланыслы имканиятлар да белгиленди.
Атап айтқанда, енди бақшаға қамтып алыўы төмен болған 80 районда исбилерменлерге жеңиллик бериледи. Бақша ҳәм мектеплердиң бос жерлеринде жеке меншик шериклик тийкарында бақша қурыўға руқсат бериледи. Онда исбилерменлерден жер ушын ижара ҳақысы 30 жыл даўамында өндирилмейди. Оларға мәмлекетлик бақшада ҳәр бир балаға нәзерде тутылған қәрежеттиң ярымы субсидия етип бериледи. Сондай-ақ, интакерлерге жеңиллетилген кредит ажыратылады. Оларға социаллық салық 1 процент болады.
Медициналық кластерлерди қурған исбилерменлерге 7 жыл мүддетке, 3 жыл жеңиллетилген дәўир менен 17 процентлик арзан кредитлер бериледи.
Президентимиз бизнести қоллап-қуўатлаўдың ең әҳмийетли инструменти – финанслық хызметлер екенин атап өтти. Соның ушын енди жойбарға әпиўайыластырылған тәртипте қаржы тартыў бойынша инвестициялық платформа иске қосылады. Исбилерменлер бул жаңа система арқалы жылына қосымша 1 миллиард доллар қаржы тартыў имканиятына ийе болады.
Ҳәзир Өзбекстанда 600 ден аслам стартаплар жумыс алып бармақта. Усы жылдың жети айында стартапларға рекорд муғдарда – 264 миллион доллар сырт ел инвестициясы кирип келди.
Буны даўам еттирген ҳалда, жаслардың мың стартап идеясы коммерцияластырылады ҳәм соннан 200и халықаралық базарға алып шығылады. Ең алдынғы технологиялар алып келинип, 100 жергиликли стартап халықаралық көлемде тартымлы бизнеске айландырылады. Оған 100 миллион доллар бериледи.
Усы жылдан баслап, “Жас исбилерменлер” чемпионаты өткериледи. Ең жақсы 100 идея таңлап алынып, ҳәр бир стартап ушын 1 миллиард сумға шекем инвестиция киргизиледи.
Санлы финанслық хызметлерди көбейтиў ушын бес жыллық стратегия қабыл етиледи. Онда жаңа экосистема – “ашық банкинг” енгизиледи.
Келеси жылы банклер тәрепинен киши ҳәм орта исбилерменликти мақсетли қоллап-қуўатлаў ушын қолайлы шәртлерде 1 миллиард доллар тартылады. Альтернатив скоринг модели иске қосылып, кредит бериў шәртлери әпиўайыластырылады.
Ушырасыўда салық ҳәкимшилиги мәселелерине де тоқтап өтилди.
Әмелдеги тәртипке бола, жыллық айланысы 10 миллиард сумнан асқан кәрханалар пайда салығы бойынша аванс төлегени ушын айланыс қаржыдан қыйыншылық жүзеге келмекте. Соның ушын енди бул тәртип 20 миллиард сумнан артқанда қолланылатуғыны белгиленди. Нәтийжеде 14 мыңға шамалас исбилерменниң ықтыярында қосымша 1 триллион сумлық айланыс қаржы қалады.
Айланыс салықтан қосымша қун салығына өтетуғын кәрханалар бир жыл даўамында пайда салығын төлеўден азат етиледи, есабатында қәте болса да, жәрийма қолланылмайды, бухгалтерлердиң айлығының 5 миллион сумға шекемги бөлеги алты айға шекем бундай кәрхана төлеген салықтан шегирип тасланады.
Еки жыл алдын айланыстан салық төлеўшилердиң бухгалтериясын салықшы жүргизетуғын система жаратылған еди. Енди келеси жылдан жер, мүлк, социаллық ҳәм дәрамат салықлары есабатларын қәлиплестириў бойынша исбилерменлердиң миннетлемеси бийкар етиледи. Бул есабатларды салықшылардың өзи бийпул толтырып береди. Исбилерменлер болса 5 күнде есабатқа дүзетиў киргизиўи мүмкин болады.
Бизге белгили, бизнес нызам үстин болған жерде раўажланады. Кейинги жыллары экономикаға венчур, бонд, краудфандинг, стартап сыяқлы заманагөй инвестиция қураллары да кирип келди. Ҳәзир бул қатнасықлар онлаған ҳүжжетлер менен тәртипке салынады.
Президентимиз булардың ҳәммесин тиккелей әмел ететуғын бирден-бир нызамға бирлестирип, Инвестициялық кодексти қабыл етиў басламасын алға қойды. Бул кодекс инвестиция тараўындағы барлық қағыйда, кепиллик ҳәм тәртип-қағыйдаларды бир системаға салып, инвестицияларды хошаметлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы және бир әҳмийетли жаңалықты жәриялады – 2026-жылдан “Бизнести 15 минутта баслаў” принципи жолға қойылады. Онда исбилерменди дизимнен өткериў ўақтында-ақ электрон санлы қолтаңба бериледи, банкте есап бети ашылады, тараўға жуўапкер мәмлекетлик уйымларға хабарнама жибериледи.
Мәжбүрий сертификатластырылатуғын товарлар дизими 459 ға қысқартылды. Дизим және 288 ге азайтылады.
Нәл, минерал төгин, аяқ кийим, шарўашылық азық-аўқаты сыяқлы санитария, ветеринария, карантин қадағалаўында болған 32 категориядағы өнимлер ушын муўапықлық сертификаты бийкар етиледи.
Улыўма етип айтқанда, өнимлердиң қәўипсизлиги ҳәм сапасын тәмийинлеў және оны баҳалаўға байланыслы миллий инфраструктура түп-тийкарынан реформаланып, халықаралық стандартларға бейимлестириледи. Онда, бәринен бурын, сертификация орнына муўапықлықты декларациялаў әмелияты кеңнен енгизиледи.
Техникалық жақтан тәртипке салыў системасы пүткиллей трансформацияланады. Буннан кейин қадағалаў объекти исбилермен емес, ал тиккелей өнимниң өзи болады.
Сөйлесиўде атап өтилген имканиятлар бүгиннен баслап күшке киретуғыны атап өтилди.
Президентимиз булардың үлкен шеклер екенин, елимиздеги бүгинги исбилерменлик руўхы менен оған ерисиў мүмкин екенин атап өтти.
Илаж ашықтан-ашық сөйлесиў тәризинде даўам етти. Орайлық ҳәм аймақлық студиялардан қатнасқан исбилерменлер өз пикир-усынысларын билдирди. Машқалалар додаланып, олар бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 18-августтағы пәрманына муўапық, мәмлекетимиздиң экономикалық қүдиретин ҳәм экспорт потенциалын арттырып атырған, халықтың бәнтлигин ҳәм абаданлығын тәмийинлеў жолында жанкүйерлик көрсетип атырған бир топар исбилерменлер ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған еди.
Жаңа Ташкентте усы сыйлықларды тапсырыў мәресими болды.
– Бүгинги мәресимде жетекши исбилерменлерди, жәмийетимиздиң ең алдынғы ўәкиллерин көрип турғанымнан қуўанышлыман. Бул тараўда үлкен реформаларды баслағанымызда экономистлерде де, исбилерменлердиң өзинде де қандайда бир қорқыў бар еди. Бирақ исеним менен, күш-ғайрат пенен имканият жаратыўдан тоқтамадық. Жуўапкерлерди исбилерменлерди тыңлаўға мәжбүр еттик. Бул өз нәтийжесин берди, мәмлекет пенен исбилерменлер арасында исеним артып барды. Пүткил жәмийет исбилерменге дос болды, – деди Шавкат Мирзиёев.
Елимиз исбилерменлери жаңа идея ҳәм басламалары менен барлық тармақларды алға қойып атырғаны, олар менен биргеликте үлкен-үлкен бағдарламалар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
– Биз исбилерменликке шараят жараттық, олар мәмлекетке ийинлес болды. Өткен 4-5 жылда 7,5 миллион халықтың бәнтлиги тәмийинленди. Усы жылдың өзинде 3 миллионнан аслам жумыс орны ашылды. Инвестиция ҳәм бизнес орталығын жақсыламасақ бундай нәтийжелер болар ма еди, – деп атап өтти Президент.
Әлбетте, исбилерменлерсиз буған ерисип болмас еди. Бүгин экономиканың түрли тармақларында, әсиресе, аўылларда халықты дәраматлы етиўде олар ҳәрекетлендириўши күш болмақта. Жүз мыңлаған жаслар, ҳаял-қызларды кәсип-өнерли етиў, исбилерменликке үйретиў тәжирийбеси де исбилерменлер менен бирге ислесиўдиӊ нәтийжеси.
– Елимизде исбилерменлердиң жаңа әўлады қәлиплескени – бул бизиң үлкен байлығымыз ҳәм жетискенлигимиз,-деди Президент. – Себеби ҳәр бир исбилермен инсан өзиниң изинен онлаған адамларды ертеди, оларға жумыс үйретеди, жумыслы, дәраматлы етеди, жәмийетлик турмысқа жаңалық алып киреди. Сизлерди Жаңа Өзбекстан қаҳарманлары, десек, арзыйды.
Президентимиздиң басламасы менен қәлиплескен жақсы дәстүрге муўапық, ҳәр жылы алдыңғы исбилерменлер Ўатанымыздың жоқары сыйлықлары менен сыйлықланып келинбекте. Быйыл талабанларды таңлаўда өз тараўында ҳәммеге өрнек болып, анық нәтийжеге ерискен, өндирис ҳәм экспорт арқалы аймақлар, пүткил мәмлекетимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған исбилерменлерге айрықша итибар қаратылды.
Мәресимде мәмлекетимиз басшысы усы сыйлықларды салтанатлы түрде тапсырды.
Сыйлықланғанлар тараўды турақлы қоллап-қуўатлап атырғаны ҳәм мийнетлерине жоқары итибары ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.
Илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, илимпазлар, зыялылар қатнасты.
Буннан соң мәмлекетимиз басшысы Жаңа Ташкенттеги дөретиўшилик жойбарлардың презентациясы менен танысты.
Бул қала қурылысына 2023-жылы тырнақ тасы қойылған еди. Бүгинге келип дәслепки имаратлар бой тикледи. Қурылыс ушын Жоқары Шыршық ҳәм Орта Шыршық районларынан 19 мың 700 гектар жер ажыратылған. Жойбардың концепциясы Уллы Британияның “Cross-works” компаниясы тәрепинен ислеп шығылған.
Биринши басқышта 6 мың гектар майданда имаратлар қурылып, 600 мың халық ушын заманагөй шараятлар жаратылады. Жойбар толық жуўмақланғанда 2 миллион адам жасайтуғын орынға айланады.
Бул санлар аймақтағы дөретиўшилик көлеми қаншелли үлкен екенин көрсетеди. Инфраструктура соған жараса сапалы ҳәм узақ мүддетли болыўы керек. Соның ушын ҳәзирги күнде қаланың “аcты” – жер асты инженерлик тармақлары қурылмақта.
Атап айтқанда, бир ҳәм еки секциялы коллекторлар жатқарылмақта. Олар арқалы орайласқан ыссылық ҳәм суў қубырлары, электр энергиясы, телекоммуникация сыяқлы барлық инженерлик тармақлары жер астынан өткериледи. Сондай-ақ, транспортлардың еркин ҳәрекети ушын туннеллер ҳәм жер асты турыў орынлары қурылады.
Ҳәр бир жойбарда заманагөй қатнас, жетик шешим ҳәм жасыллық итибарға алынбақта. Атап айтқанда, экологиялық таза транспорт системасы шөлкемлестириледи. Метро ҳәм электробуслардың ҳәрекети муўапықластырылады. Пиядалар ҳәм велосипедшилердиң иркинишсиз ҳәм қәўипсиз ҳәрекетлениўи ушын кеңнен қолайлық жаратылады.
Аймаққа 60 тан аслам мәмлекетлик уйымлар ушын ҳәкимшилик имаратлар қурылады. Бүгинги күнде оннан аслам министрликлер ҳәм уйымлар усы жердеги ўақтынша шөлкемлестирилген объектлерде жумыс баслаған.
Мәмлекетимиз басшысына жақын келешекте нәзерде тутылған жойбарлар ҳаққында мәлимлеме берилди.
Қалаға көплеген жергиликли ҳәм сырт ел инвесторлары қызығыўшылық билдирмекте. Бүгинги күнде аукционда сатылған 13 коммерциялық лот бойынша 554 миллион долларлық инвестициялық шәртнамалар дүзилген.
Бул жерде бой тиклейтуғын мийманхана ҳәм ресторанлар, өзине тән дизайндағы саўлатлы имаратлар келиўшилерге жоқары сапалы хызмет көрсетиўи менен бирге қаланы туризм орайына айландыратуғыны сөзсиз.
Аймақтағы қурылыс процесинде 160 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленеди. Келешекте болса қалада инновациялық технологияға тийкарланған, жоқары дәраматлы жүз мыңлаған турақлы жумыс орны болады. Буның ушын жаңа билимлендириў ҳәм медицина кластерлери, мәлимлеме технологиялары хызметлери ҳәм технопарклер шөлкемлестириледи.
Президент жойбарларға инвестициялар тартыў, дем алыў орынлары ҳәм хызметлерди қолайлы жолға қойыў бойынша усыныслар берди.