Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми саммитиндеги шығып сөйлеген сөзи
2025-07-04 18:05:00 / Анонслар

Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Сизлер менен әййемги Қарабағ жеринде, бийбаҳа тарийхый ҳәм мәдений мийрасты өзинде жәмлеген гөззал Ханкенди қаласында көрисип турғанымыздан оғада қуўанышлыман.
Бүгин бул аймақ шын мәнисинде дөретиўшилик ҳәм тынышлық мәканына айланып баратырғаны ҳақыйқый туўысқан сыпатында бизди шексиз қуўандырады.
Әйне усы жерде Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң саммитин жоқары дәрежеде шөлкемлестирип атырғаны ҳәм шын жүректен қабыл еткени ушын Әзербайжан Республикасы Президенти ҳүрметли Уллы Мәртебели Мырза Илҳам Алиевке терең миннетдаршылық билдиремен.
Ташкенттеги тарийхый саммитимизден кейин Шөлкемниң институционаллық потенциалын беккемлеў, жаңа бағдарларда бирге ислесиўди жолға қойыў бағдарында сезилерли жетискенликлерге ерисилди.
Пурсаттан пайдаланып, Шөлкемимиз шеңберинде Қазақстан Республикасының нәтийжели басшылығын да айрықша атап өтпекшимен.
Соның менен бирге, конференциямызда узақ тәнепистен соң Аўғанстан Ўақытша ҳүкимети делегациясының қатнасып атырғанынан қуўанышлымыз. Себеби биз қоңсы Аўғанстанды Шөлкемимиз мәканының ажыралмас бир бөлеги, кең көлемли экономикалық бирге ислесиў ҳәм транспорт тараўындағы өз-ара байланыслылық процесслериниң әҳмийетли қатнасыўшысы сыпатында көремиз ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаймыз.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Бүгинги саммитимиз пүткил дүнья жәмийетшилиги кескин кризисти басынан өткерип атырған қыйын бир шараятта болып өтпекте.
Әсиресе, көпшилик қарама-қарсылық ҳәм келиспеўшиликлер әйне бизиң Шөлкемимиз мәканында жүз берип атырғаны пикиримиздиң айқын дәлили болып есапланады. Соңғы айларда Қубла Азия ҳәм Жақын Шығыста жүз берген ўақыялар бәршемизди терең тәшўишке салмақта.
Халықаралық ҳуқық ҳәм глобал қәўипсизлик институтларының төменлеўи қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиўди және де төменлетип, күш ислетиў ҳәм зорлыққа кең жол ашпақта. Атап айтқанда, Шөлкемимиз ағзасы болған Иран Ислам Республикасына алып барылған әскерий ҳәрекетлер пүткил регионды урыс ийримиге тартыў, кең көлемдеги экологиялық апатшылық ошағының жүзеге келиў қәўипин туўдырды.
Иран ҳәм Израиль арасында оқ атыўды тоқтатыў бойынша ерисилген келисимди қоллап-қуўатлаймыз. Бул қарарды региондағы кескинликти жумсартыў, қәўипсизликти тиклеў жолындағы әҳмийетли қәдем сыпатында баҳалаймыз.
Бул келисим барлық машқалаларды дипломатиялық ҳәм конструктивлик сөйлесиўлер жолы менен шешиў ушын беккем тийкар жарататуғынына исенемиз.
Ғалабалық қырғын қуралларын тарқатпаў ҳәм олардан пайдаланыўдан тыйылыў халықаралық қәўипсизликтиң ең әҳмийетли мәселеси екенин есапқа алып, дүнья жәмийетшилигин және бир мәрте ядро қуралынан жырақ аймақлар географиясын кеңейтиўге шақырамыз.
Палестина-Израиль қарама-қарсылығын әдиллик пенен шешпей турып, Жақын Шығыста тынышлық ҳәм турақлылыққа ерисиў мүмкин емес екенлигин атап өтиў керек.
Биз Газа секторында әскерий ҳәрекетлерди тоқтатыў, ашлық ҳәм инсаныйлыққа жат шараяттан қыйналып атырған халыққа гуманитарлық жәрдем көрсетиўге ҳеш қандай иркиниш жасамаў, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң резолюцияларына муўапық ғәрезсиз Палестина мәмлекетин шөлкемлестириў тәрепдарымыз.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Ҳәр қандай тынышлық ҳәм раўажланыўдың тийкары, бәринен бурын, экономикалық бирге ислесиў менен белгиленеди. Соның ушын Шөлкемимиз шеңбериндеги шериклик бүгинги күнде тек ғана тәбийғый емес, ал әҳмийетли стратегиялық әҳмийетке ийе.
Мәжилисимиз күн тәртибинен келип шығып, бир қатар мәселелерге итибарыңызды қаратпақшы едим.
Бәринен бурын, биз Шөлкемимиздиң орта ҳәм узақ дәўирге мөлшерленген тийкарғы раўажланыў бағдарларын белгилеп алыўымыз керек.
Бул бағдарда «Экономикалық бирге ислесиўдиң стратегиялық мақсетлери – 2035» концепциясын қабыл етиўимиз зәрүр. Ҳүжжетте саўда, инвестиция, транспорт, энергетика, санаат, аўыл хожалығы, экология, туризм ҳәм билимлендириў сыяқлы дәстүрий бағдарлар менен бирге, инновациялар, жасалма интеллект ҳәм санлы технологиялар тараўларында бирге ислесиўди күшейтиўге айрықша итибар қаратыў зәрүр.
Шөлкемимиз шеңберинде товар ҳәм хызметлер саўдасын әпиўайыластырыў, техникалық ҳәм тариф емес тосқынлықларды басқышпа-басқыш сапластырыў, электрон саўданы раўажландырыў мәселелери айрықша әҳмийетли болып есапланады.
Усыған итибарыңызды қаратпақшыман: ҳәзирги күнде өз-ара саўда көлеми төмен дәрежеде қалмақта. Бул көрсеткиш 2024-жылы 95 миллиард долларды қурап, мәмлекетлеримиз улыўма саўда айланысының 10 процентин қурады.
Бул бағдарда стратегиялық мәселелерди додалаў, Саўданы әпиўайыластырыў ҳаққындағы келисимди келисиў мақсетинде усы жылы Ташкентте саўда министрлеримиздиң ушырасыўын өткериў усынысын алға қоямыз.
Буннан тысқары, аўыл хожалығы өнимлериниң саўдасы бойынша оператив мағлыўмат алмасыў ҳәм иркинишсиз жеткерип бериўге қаратылған «жасыл коридорлар» системасын жаратыў әҳмийетли болып есапланады.
Инвестициялық бирге ислесиўимизди жаңа басқышқа алып шығыў, инвестициялық орталықты және де ашық-айдын ҳәм тартымлы етиў мақсетинде узақ мүддетли «Экоинвест» бағдарламасын қабыл етиў басламасын алға қоямыз. Бул бағдарламаның тийкарғы мақсети регионымыздағы перспективалы жойбарларға жеке меншик инвесторлар, банклер ҳәм халықаралық қаржы институтларын кеңнен тартыў, деп есаплаймыз.
Және бир тийкарғы бағдар. Кейинги ўақыттағы геосиясий ўақыялар халықаралық логистика шынжырларының үзилиў қәўпи қаншелли жоқары екенин ҳәм альтернатив транспорт коридорларын қәлиплестириў стратегиялық әҳмийетке ийе екенин және бир мәрте дәлилледи.
Өткен жылы Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан темир жолы жойбарын әмелге асырыўды баслағанымыз әҳмийетли ўақыя болды. Келешекте бул магистраль тармақ Трансаўған коридоры менен тутасып, кең регионымыздағы транзит тармақларын нәтийжели бирлестириў имканиятын береди.
Транспорт ҳәм логистика тараўын санластырыў жумысларын системалы тийкарда жолға қойыў мақсетинде Санлы транспорт ҳәм бажыхана уйымын шөлкемлестириў ҳаққындағы басламаны әмелде енгизиў ўақты келди, деп есаплаймыз ҳәм экспертлер дәрежесиндеги сөйлесиўлерди жеделлестириў тәрепдарымыз.
Регионда жаңа авиақатнаўлар жөнелислерин ашыў, авиакомпаниялар арасында инновациялық бирге ислесиў түрлерин жолға қойыў, туризм ҳәм авиация тараўлары арасында маркетинг бойынша интеграцияласқан стратегияларды ислеп шығыў әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланады. Усы мәселелерди додалаў мақсетинде Миллий авиакомпаниялар форумын Самарқандта шөлкемлестириўди усыныс етемиз.
Келешекте туризм тараўында туристлер ағымын еки есеге арттырыў ушын жеткиликли потенциалға ийемиз. Шөлкем шеңберинде «Туризм хызметлерин кеңейтиў бойынша «жол картасы»н ислеп шығыў мине усы ийгиликли мақсетимизге хызмет етеди.
Итибарыңызды және бир әҳмийетли мәселеге қаратпақшыман.
Глобал климат күн тәртибине киргизилген мәселелер бойынша мәмлекетлеримиздиң умтылысы ҳәм ҳәрекетлерин бирлестириў әҳмийетли. Баку қаласында табыслы өткен COP-29 глобал климат саммитинде қабыл етилген миннетлемелер ҳәм келисимлердиң толық әмелге асырылыўының исенимли тәрепдарымыз.
Шөлкем шеңберинде шөл аймақларында тоғайлар шөлкемлестириў, рекреация зоналарын жаратыў бойынша Трансшегаралық «жасыл бағдарлама»сын ислеп шығыўды усыныс етемиз.
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Шөлкемимиздиң жумысын жетилистириў мақсетинде шөлкемлестирилген Жоқары дәрежедеги комитеттиң жумысын унамлы баҳалаймыз. Комитетке келеси саммитке шекем Шөлкем жумысын реформалаў бойынша анық усыныслар ислеп шығыў ўазыйпасын тапсырсақ, бул пикиримди мақуллайсыз, деп ойлайман.
Бундай реформалар бирге ислесиўимизди жаңа басқышқа алып шығыў, Шөлкемниң халықаралық майдандағы абырайы ҳәм мәртебесин және де арттырыў және оның жумысын заман талапларына сәйкес түрде жетилистириўге хызмет ететуғыны сөзсиз.
Бүгинги саммитимиз көп тәреплемели ҳәм әмелий бирге ислесиўимизди жаңа басқышқа көтериў бағдарындағы үлкен нийет ҳәм режелеримизге, әлбетте мүнәсип түртки болады, деп исенемен.
Итибарыңыз ушын рахмет!