Министр Cove Capital LLC компаниясы басқарыўшы шериги менен ушырасты
2025-04-29 10:35:00 / Жаңалықлар
2025-жыл 28-апрель күни Таў-кән санааты ҳәм геология министри Б.Исламов, министрлик жуўапкерлери, "Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты" АЖ басшылары менен биргеликте Cove Capital LLC компаниясының басқарыўшы шериги Пини Алтхаус пенен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда соңғы жыллары мәмлекетимизде геология ҳәм таў-кән санааты тараўына қаратылып атырған итибар, "Жер асты ҳаққында"ғы Нызамның жаңа редакциясы, инвесторларға ҳәм жер астынан пайдаланыўшыларға жаратылып атырған шараятлар, тараўға инвестиция киргизиўдиң унамлы тәреплери ҳаққында сөз болды.
Соның менен бирге, сырт ел тәрепине "Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты" АЖның жумысы, тийкарғы ўазыйпалары, инвестициялық жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.