Бажыхана жумысын жетилистириўге байланыслы усыныслар көрип шығылды
2025-02-25 11:30:00 / Prezentaciyalar

Регионаллық ҳәм халықаралық экономикалық байланысларды жақсылаў мақсетинде бул тараўда көп жумыслар исленди. Онға шамалас мәмлекетлер менен алдын ала мәлимлеме алмасыўы жолға қойылды, бажыхана рәсмийлестириўи ҳәм мағлыўматларды қайта ислеў орайлары шөлкемлестирилди. 4 ири бажыхана постында терминаллар қурылды, 20 дан асламы жаңа үскенелер менен тәмийинленди. Исбилерменлер ушын 35 мәлимлеме системасы енгизилип, экспорт процесслери 9 басқыштан 3 басқышқа түсти.
Усылардың нәтийжесинде шегара арқалы транспортлар ҳәрекети 8 есеге көбейип, дерлик 5 милионға шекем жетти. Бюджетке түсимлер 9 есеге өсип, өткен жылы 63 триллион сумнан асты. Жүклерди рәсмийлестириў ўақты импортта 3 саатқа, экспортта 20 минутқа шекем қысқарды.
Улыўма, системаның жеңиллетилиўи арқалы 6 мыңға шамалас экспортёр және 20 мыңға шамадас импортёрдың қәрежети ҳәм ўақты үнемленген. Халықаралық логистика рейтингинде бажыхана көрсеткиши бойынша Өзбекстан 140-орыннан 74-орынға көтерилген.
Бирақ еле санластырыў, процессти жеделлестириў ҳәм қолайластырыў бойынша ўазыйпалар көп. Презентацияда бул бағдардағы илажлар көрип шығылды.
Соңғы жылларда бажыхана аймағында қайта ислеў түрлери кеңейтилгени нәтийжесинде усындай тәризде экспорт етилген товарлардың үлеси өткен жылы 1 миллиард доллардан асқан. Бул системаны буннан былай да жетилистирип, усы жылдың өзинде экспортты 1,5 миллиард долларға жеткериў мүмкин.
Қоңсылас мәмлекетлер менен саўда ҳәм туризм байланыслары кеңейип атырғаны себепли шегарадағы жолаўшылар ҳәм автотранспорт ағымы кеминде 2 есеге артыўы күтилмекте. Бул қосымша инфраструктура жаратып, постларда өткериўшеңликти арттырыўды талап етеди.
Соның ишинде, халықаралық қатнаўларды көбейтиў мақсетинде автобусларда да авиарейслердегидей, жолаўшылар ҳаққындағы мағлыўматларды алдыннан алыў системасы нәзерде тутылмақта. Нәтийжеде автобуслар шегарадан әпиўайыластырған тәртипте өткерилип, рәсмийлестириў ўақты 2 есеге қысқарады. Сондай-ақ, ең ири бажыхана постларында жеңил автомобиль ҳәм автобуслар ушын қызыл ҳәм жасыл коридорлар енгизиў усыныс етилмекте.
Бажыхана бақлаўында жасалма интеллектти кеңнен қолланыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Усы мақсетте Жәҳән банки қәнигелериниң жәрдеминде «қәўип системасы» жетилистириледи. Бул система қаржы турақлылығы, саўда тарийхы сыяқлы 122 норма бойынша исбилерменлердиң исенимлилик дәрежесин баҳалайды. Сондай-ақ, рентген көринислери жасалма интеллект тийкарында талқыланып, қәўипли товарлар автомат түрде анықланады.
Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, тараўда халқымыз ушын жеңилликлер жаратыў, исбилерменлер ҳәм туристлерге оператив хызмет көрсетиў зәрүрлиги атап өтилди. Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процесинде бажыхана нызамшылығын буған толық муўапықластырыў ўазыйпасы қойылды.
Бажыхана институты потенциалын арттырыў, жаслама интеллект, санлы технологиялар, қәўип-қәтер бойынша қәнигели кадрлар таярлаў, дуал билимлендириўди кеңейтип, әмелиятты жақсылаў зәрүрлиги атап өтилди.