Президент Қорғаныў санааты агентлигиниң Инновациялық технологиялар орайы менен танысты
2025-02-21 14:10:00 / Prezentaciyalar

Армияның қәбилетин беккемлеўде әскерий хызметкерлердиң профессионаллық таярлығы менен бир қатарда қорғаныў санаатын раўажландырыў әҳмийетли орын ийелейди. Президентимиздиң басламасы менен Өзбекстанда заманагөй қорғаныў санаатына тийкар салынғаны тарийхый әҳмийетке ийе болды. Қорғаныў министрлиги жанындағы агентлик тәрепинен қурал-жарақларды модернизациялаў, жаңа технологияларды өзлестириў ҳәм перспективалы қолланбаларды әскерлерде енгизиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Бул Инновациялық технологиялар орайында 80 ге шамалас әскерий ҳәм еки түрли мақсетке мөлшерленген өнимлер ислеп шығарылмақта. Сондай-ақ, робототехника ҳәм ушыўшысыз аппаратлар бойынша стартап жойбарлар қоллап-қуўатланбақта.
Сапар ўақтында әскерий техниканың жаңа үлгилери, қорғаныў тараўын және де раўажландырыў бойынша перспективалы жойбар ҳәм режелер таныстырылды.
Мәмлекетимиз басшысы бул биринши қәдемлер болғанын айтып, қорғаныў системасының бәсекиге шыдамлылығын арттырып барыў бойынша көрсетпелер берди. Өндиристи турақлы жетилистирип, жаңа өнимлерди өзлестириў, онда инновациялық технологиялар ҳәм жасалма интеллекттен кеңнен пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Соның менен бирге, буйыртпа тийкарында тараўға жеке меншик секторды кеңирек тартып, әскерий ҳәм еки түрли мақсетке мөлшерленген өним түрлерин көбейтиў бойынша тапсырмалар берилди. Жаңа жумыс орынларын жаратыў, қәнигелерди системалы таярлаў, жаңа техникалар бойынша илимий лабораториялар шөлкемлестириў мәселелерине итибар қаратылды.
Өзбекстан қорғаныў санааты кәрханалары халықаралық қәнигелестирилген көргизбелерде белсене қатнасып атырғанын атап өтиў керек. Атап айтқанда, усы жылдың 17-21-февраль күнлери Абу-Даби қаласында (БАӘ) болып өтип атырған «IDEX-2025» көргизбесинде мәмлекетимиде ислеп шығарылған 100 ден аслам әскерий техника ҳәм өнимлер үлгилери көрсетилмекте. Сырт елли бирге ислесиўшилерде үлкен қызығыўшылық оятқан «Арыслан 8х8» ҳәм «Арыслан 6х6» бронланған транспортёрлар, «Тўфон» өзи жүретуғын гаубицасы усылардың қатарына киреди.
Сапар соңында Президентимиз қорғаныў санаатын және де раўажландырыўдың стратегиялық бағдарларын көрсетип, жуўапкерлердиң алдына өнимлердиң жоқары сапасын тәмийинлеў, өндирис имканиятын кеңейтиў ҳәм жергиликли кәрханалардың халықаралық базардағы орнын беккемлеў бойынша анық ўазыйпалар қойды.