Мәмлекетимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў мәселелери додаланды
2025-02-04 09:25:00 / Prezentaciyalar

Қорғаныў министриниң әскерлердиң жаўынгерлик таярлығы ҳәм қәбилетин арттырыў, бөлим ҳәм бөлимшелерди ҳәр тәреплеме таярлаў, оларды заманагөй қурал-жарақ ҳәм әскерий техника менен тәмийинлеў, сондай-ақ, Өзбекстан Қорғаныў санааты агентлигиниң жумысын жетилистириў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳәм әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққындағы есабаты тыңланды.
Мәмлекет басшылығы тәрепинен армияның жаўынгерлик имканиятын ҳәм жеке қурамның мәнаўий-руўхый жағдайын ҳәр тәреплеме беккемлеў, қурал жарақ ҳәм әскерий техниканы модернизациялаў, сондай-ақ, қорғаныў санааты кәрханаларын раўажландарыў бағдарындағы жумысларды даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Жаўынгерлик ҳәм оператив таярлық илажларын жеделлестириў, әскерий кәрханалардың офицер кадрлары ҳәм инженер-техникалық қурамын профессионал оқытыў системасын жетилистириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилис соңында мәмлекетимиз басшысы Қураллы Күшлерди және де раўажландырыў ҳәм мәмлекетимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў бойынша тапсырмалар берди.